Ташкентте 27-ноябрь күни студентлер ҳәм питкериўшилер ушын бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтеди

    24 қараша 2025 558

    Жас қәнигелерди қоллап-қуўатлаў, жоқары оқыў орынлары студентлери ҳәм питкериўшилериниң мийнет базарына табыслы кирип барыўына жәрдемлесиў мақсетинде Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар басқармасы, Экономика ҳәм қаржы бас басқармасы, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў басқармасы, Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте студентлер ҳәм питкериўшилер ушын бос жумыс орынлары ярмаркасын шөлкемлестиреди.

    Ол 2025-жыл 27-ноябрь күни саат 10:00 де Ташкент қаласындағы Сингапур менеджментти раўажландырыў институтында болып өтеди.

    Ярмаркада студентлер ҳәм питкериўшилер:

    жумыс бериўшилер менен жеке сөйлесиў,

    мүмкин болған вакансиялар ҳәм стажировка бағдарламалары ҳаққында толық мағлыўмат алыў,

    ҳәр қыйлы тараўлардағы кәсиплик имканиятлар ҳәм кәсиплик раўажланыў ҳаққында мағлыўмат алыў,

    компаниялар ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери менен тиккелей байланысларды жолға қойыў.

    Илаж жас қәнигелердиң бәнтлигине жәрдемлесиў, жумыс бериўшилер ҳәм потенциаллы хызметкерлер арасында кәсиплик раўажланыў ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын шараятлар жаратыўға қаратылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates