«Hududgaz Poytaxt»тан мәлим етилиўинше, Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң келисими менен 78 автомобильге газ толтырыў компрессор шақапшаларының (АГТКШ) жумысы саат 06:00 ден 23:00 ге шекем етип белгиленди.
Бул илажлар ўақтыншалық болып, ҳәзирги ўақытта газ басымын нормалластырыў жумыслары алып барылмақта. Жағдай бойынша қосымша мағлыўматлар кейин ала бериледи.
Жәмийетлик транспортлардың үзликсиз ҳәрекетин тәмийинлеў мақсетинде 21 газ қуйыў шақапшасы түнги ўақытта жумысын даўам еттирип, транспортларға жанылғы жеткерип береди.








