Илаж халықаралық аэропортлар, авиакомпаниялар, басқарыў компанияларының ўәкиллери ҳәм авиация тараўының жетекши экспертлерин бирлестирди.
Форум Өзбекстан транспорт министри Илҳом Маҳкамов ҳәм Халықаралық транспорт форумы (ITF) бас хаткери Ён Тэ Кимниң қутлықлаў сөзлери менен ашылды.
Панел сессияларда қатнасыўшылар заманагөй авиация санаатының тийкарғы тенденциялары ҳәм қәўип-қәтерлери, инфраструктураны раўажландырыў, авиақатнаўлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў мәселелерин додалады. Спикерлер арасында Boeing, Airbus, TAV Technologies, Vision Invest, Sojitz Corporation, Uzbekistan Airways, Uzbekistan Airports, Turkish Airlines, Pegasus Airlines ҳәм басқа да компаниялардың ўәкиллери бар.
Uzbekistan Airports басқармасы баслығы Жавлонбек Умархўжаев аэропорт инфраструктурасын модернизациялаў, экологиялық ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды, сондай-ақ, жолаўшыларға қолайлық ҳәм қәўипсизликти арттырыўға қаратылған санлы шешимлерди енгизиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында айтып берди. Аэропортларды раўажландырыў Өзбекстан транспорт системасының турақлы өсиў стратегиясының ажыралмас бөлеги болып, мәмлекеттиң транзит потенциалын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Форумда пәрўазлар қәўипсизлигин басқарыў, авиация процесслерин санластырыў, авиация ҳәм туризмниң өз-ара байланысы, инсан капиталын раўажландырыў - тараў ушын жаңа әўлад қәнигелерин таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Илаж шеңберинде Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң миллий авиакомпаниялары форумы да өткерилип, онда пуқаралық авиациясы тараўындағы реформалар, жеке меншик авиацияны раўажландырыў перспективалары, турақлы раўажланыў ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиў мәселелери додаланды.
Форум Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Пуқаралық авиациясы бойынша жумысшы топарының мәжилиси менен жуўмақланды.











