Залда еки мыңға шамалас балалар бар еди. Олардың қуўанышқа, таңланыўға ҳәм шын кеўилден күлкиге толы жайнап турған көзлерин бақлап отырып, өзин тоқтатыў қыйын еди. Жас тамашагөйлер мультфильмди тек ғана тамашалап қоймастан, экранда болып атырған ўақыяларға толық шүмип, қаҳарманлар менен бирге ўақыяларды басынан кеширди.
"Баланы алдап болмайды: ол жалғанлықты да, ықласлылықты да бирден сезеди. Егер бала экраннан көзин айырмаса, демек, дөретиўшилер өз жумысына жанын бағышлаған. Бул мультфильм ҳақыйқатында да балалардың кеўлинен орын алғанын өз көзим менен көрдим", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.
"Сеҳрландия: Қаҳарманлар миссиясы" Өзбекстан тарийхында 3D форматында жаратылған биринши толық метражлы анимациялық фильм болғаны атап өтилди. Бул миллий анимацияның раўажланыўында әҳмийетли қәдем болып есапланады.
"Ана ретинде соны айтпақшыман, перзентлеримиздиң ана тилиндеги заманагөй мультфильмлерди көрип өсиўи, руўхы ҳәм дүньяға көзқарасы жақын болыўы биз ушын оғада әҳмийетли", - деп атап өтти ол.
Саида Мирзиёева Жаҳонгир Аҳмедовқа ҳәм жойбардың пүткил дөретиўшилик жәмәәтине шын жүректен миннетдаршылық билдирип, оларға ерисилген жетискенликлер, жаңа табыслар менен шекленип қалмаўын, илҳам ҳәм және де исенимли дөретиўшилик идеяларды әмелге асырыўды тиледи.











