Бул ушырасыў Ташкент қаласындағы Сингапур менеджментти раўажландырыў институтында болып өтти.
Онда министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, туризм тараўында жумыс алып барып атырған 130 дан аслам исбилерменлер - туроператор ҳәм турагентлер, туристлик транспорт хызметлерин көрсетиўши шөлкемлер, өнерментлер, саўда-кеўилашар объектлер, дем алыў бағлары ҳәм қамсызландырыў компанияларының ўәкиллери қатнасты.
Илаж даўамында Ташкент қаласында 2025-жылы туризм тараўында ерисилген нәтийжелер ҳәм жетискенликлер толық таныстырылды. Атап айтқанда, қатнасыўшыларға қалада туристлер ағымын көбейтиў, жаңа туристлик жөнелислерди жаратыў, инфраструктураны жетилистириў ҳәм хызмет көрсетиў сапасын арттырыў бойынша әмелге асырылған жойбарлар таныстырылды.
Соның менен бирге, 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалар да додалаў орайында болды. Олардың арасында туризм инфраструктурасын модернизациялаў, хызмет көрсетиў тараўына заманагөй стандартларды енгизиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.
Ушырасыўда исбилерменлер әмелий усыныс ҳәм басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, лицензиялаў тәртиплерин әпиўайыластырыў, транспорт логистикасын жақсылаў, туристлер ушын қолайлы орталық жаратыў, миллий өнимлер ҳәм өнерментшиликти кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселелери көтерилди. Бул басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша тийисли уйымлар тәрепинен ўазыйпалар белгиленди.
Бул ашықтан-ашық сөйлесиў мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, бар тосқынлықларды сапластырыў ҳәм туризм хызметлери базарының бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.