Ташкентте Өзбекстан - Россия бизнес-форумы болып өтти

    Бизнес 4 желтоқсан 2025 185

    Ташкентте Өзбекстан ҳәм Россия арасында экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның 26-мәжилиси шеңберинде 3-декабрь күни еки мәмлекет исбилермен топарларының қатнасыўында бизнес-форум болып өтти.

    Илажда санлы технологиялар, транспорт, аўыл хожалығы, санаат, энергетика, фармацевтика, химия сыяқлы тараўлардағы компаниялардың жүзден аслам ўәкили қатнасты.

    Форумға Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хожаев ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров басшылық етти. Сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери қатнасты. Қатнасыўшылар еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, биргеликтеги басламаларды раўажландырыў ҳәм саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў мәселелерин додалады.

    Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының кеңесгөйи Алишер Шайхов исбилерменлик байланысларын институционаллық дәрежеде беккемлеў, қоспа жойбарларды раўажландырыў, еки мәмлекет исбилерменлериниң бирге ислесиўин кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Форум шеңберинде Өзбекстан ҳәм Россия компаниялары арасында В2В ушырасыўлары шөлкемлестирилди. Сөйлесиўлер жуўмағында бир қатар перспективалы жойбарлар бойынша келисимлерге ерисилди.

    Өзбекстан - Россия бизнес-форумы исбилермен топарлар арасындағы әмелий сөйлесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, мәмлекетлер арасындағы экономикалық шерикликти және де беккемлеў имканиятын берди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates