2030-жылға шекемги тийкарғы мақсетли көрсеткишлер:
креатив экономиканың жалпы ишки өнимдеги үлесин 5 процентке (145 триллион сум) жеткериў;
креатив индустрия өнимлери ҳәм хызметлериниң экспортын 1 миллиард доллардан асырыў;
тараўда әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңбериндеги жумыс орынларының санын 500 мыңға жеткериў;
Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорына қараслы имаратлар ҳәм аймақлар негизинде 2026-2027-жылларда биринши басқышта мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында "Креатив индустрия парки" инфраструктурасы жаратылады.
Креатив парк қурамына жасыл бағ, халықаралық санлы дизайн ҳәм программаластырыў мектеби, бук-кафе, спорт ҳәм воркаут майданлары, мийманханалар ҳәм басқалар киреди.
Онда, креатив парк аймағы қәўипсизлик, инклюзивлик ҳәм экологиялық тазалық талапларына жуўап беретуғын, 24/7 режиминде жумыс алып баратуғын ашық жәмийетлик мәкан сыпатында жаратылады.
Қарар менен төмендегилер тастыйықланды:
Креатив экономиканы раўажландырыў бойынша республикалық кеңестиң қурамы ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары;
2026-2027-жылларда креатив экономиканы раўажландырыў илажлары бағдарламасы;
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».