Саммитти Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги басқарма баслығының орынбасары - ҳаўа транспортын раўажландырыў бөлиминиң баслығы Шавкат Халитов кирис сөз бенен ашты.

Өзбекстан регионның исенимли логистика шериги ҳәм авиация хабы сыпатындағы позициясын избе-из беккемлеп атырғаны атап өтилди. Соңғы жыллары жүк тасыў көлеми 2019-жылдағы 49,2 мың тоннадан 2024-жылы 84,1 мың тоннаға артқан. 2025-жылдың жуўмағы бойынша бул көрсеткиш 95 мың тоннаға шекем өсиўи прогноз етилмекте.

"Central Asia Air Cargo Summit" нәтийжели пикирлесиўлер, тәжирийбе алмасыў ҳәм исбилерменлик байланысларын беккемлеў ушын абырайлы майдан сыпатында өзин көрсетип үлгерди. Илаж 24-сентябрьге шекем даўам етеди ҳәм Орайлық Азияда ҳаўа жүк тасыўларын раўажландырыў жолындағы гезектеги қәдем болады.