Ташкентте ири ыссылық тәмийнаты орайы иске қосылды

    18 желтоқсан 2025 131

    Халық ҳәм экономика объектлерин қыс мәўсиминде турақлы ҳәм үзликсиз ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде пайтахтымызда бир ўақыттың өзинде ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўды тәмийинлейтуғын бир қатар заманагөй когенерацион қурылмалар иске қосылмақта.

    Станция иске түсирилиўи нәтийжесинде жылына 876 миллион киловатт саат электр ҳәм 858 мың гигакалория ыссылық энергиясы ислеп шығарылады. Соның менен бирге, 35 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди.

    Усындай әҳмийетли жойбарлардан бири Юнусабад районындағы 4-санлы ыссылық орайы аймағында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 100 мегаваттлы станцияның қурылысы болды.

    Енди пайтахтымыздың Юнусабад, Алмазар, Шайхонтоҳур, Мырза Улығбек ҳәм Яккасарай районларында жайласқан 1 мың 846 объект турақлы ыссылық тәмийнаты менен тәмийинленеди.

    Соннан 1 мың 400 тутыныўшы турақ жайлар, қалған бөлеги социаллық тараў объектлери болып есапланады.

    Сондай-ақ, 292 мың шаңарақ турақлы электр энергиясы менен тәмийинленеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates