Мағлыўмат Миллий комитет ҳәм Ташкент ҳайўанат бағының қәнигелери менен биргеликте тексерилди. Ҳайўанлардың табылыў факты тастыйықланды.
Рептилия қәўипсиз усланып, реабилитациялаў ушын Ташкент ҳайўанат бағына тапсырылды. Ҳәзирги ўақытта Нил крокодилиниң Өзбекстан аймағындағы суў бассейнине келип қалыў жағдайлары анықланбақта.
Мағлыўмат ушын: Нил крокодили - крокодиллер отрядының ең ири ҳәм ең қәўипли ўәкиллеринен бири. Тәбийий орталықта Африканың душшы суўлы дәрьялары, көллери ҳәм батпақлықларында ушырасады.
Миллий экология комитети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 5-ноябрьдеги № 736-санлы "Жабайы ҳайўанларды сақлаў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, физикалық тәреплерге жабайы ҳайўанларды, соның ишинде, барлық түрдеги крокодиллерди ярым еркин шараятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақлаў қадаған етилетуғынын еслетип өтеди. Сондай-ақ, олардан цирк тамашаларын көрсетиў ушын пайдаланыў қадаған етиледи.
Комитет пуқараларды нызамшылық талапларына қатаң әмел етиўге, жабайы ҳайўанлардың нызамсыз сақланыўына жол қоймаўға, анықланған бундай жағдайлар бойынша тийисли уйымларға тезлик пенен хабар бериўге шақырады.