Бул ҳаққында "Өзгидромет" хабар берди.

Ҳаўаның температурасы түнде 0...-5 дәреже, арқада −6...−8 дәрежеге шекем, 5−8-январь күнлери +6...+9 дәреже, 9-январь күни +9...+12 дәреже ыссы болады.

Ташкентте жаўын-шашын болмайды. Түнде ҳәм азанғы саатларда думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3−8 м/с.

Ҳаўаның температурасы түнде 0...-2, 5−8-январь күнлери +7...+9, 9-январь күни +10...+12 дәреже ыссы болады.