Қарарға муўапық, "Қоршаған орталықты қорғаў тараўында қәнигелестирилген аналитикалық қадағалаў орайы" мәмлекетлик мәкемеси негизинде "Миллий экологиялық мониторинг орайы" мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестириледи.
Экология комитети өз жумысында тиккелей Өзбекстан Республикасы Президентине есап береди.
Комитет өз жумысын барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден, олардың лаўазымлы шахсларынан ғәрезсиз түрде әмелге асырады ҳәм бул лаўазымлы шахслардың оның жумысына араласыўы қадаған етиледи.
Соның менен бирге, 2026-жыл 1-сентябрьге шекем Бирден-бир экологиялық онлайн платформаның жумысы жолға қойылады.
Сондай-ақ, қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўши I ҳәм II категориялы санаат кәрханалары 2026-жыл 1-мартқа шекем өз аймағында фонлық мониторинг станцияларын орнатыўы ҳәм оларды Экология комитети жанындағы Миллий экологиялық мониторинг орайы менен интеграциялаўы шәрт.
2026-жыл 1-марттан баслап, белгиленген мүддетте фонлық мониторинг станцияларын орнатпаған ҳәм Экология комитетиниң Миллий экологиялық мониторинг орайы менен интеграция етпеген I ҳәм II категориялы кәрханаларға компенсация төлемлери 5 есеге арттырылған ҳалда қолланылады.