"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын, жаўын-шашын көринисинде қар жаўыўы мүмкин, 2-3-февраль күнлери айырым жерлерде күшли болыўы мүмкин.
6-февральдан ҳаўа-райы өзгерип, Қазақстан аймақларынан Өзбекстан аймағына суўық ҳәм салыстырмалы ығал ҳаўа массасы кирип келе баслайды. Усы күни республика бойынша айырым жерлерде жаўын-шашын болыўы күтиледи - жаўын қарға айланады. Ҳаўаның температурасы төменлеп, түнде ҳәм күндиз 1-6° жыллы, арқада түнде 7-12° суўық, күндиз 0-5° суўық болады.
Айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин.
Өзбекстанның таўлы аймақларында 2-3-февраль күнлери қар көшиўи қәўпи жәрияланды.
Ташкент қаласында ҳаўа райы:
3-февраль: түнде ҳәм азанда жаўын, күндиз жаўын-шашынсыз. Самалдың бағыты батыстан тезлиги 3-8 м/с қа өзгереди.
4-февраль күни жаўын-шашын болмай, шығыстан 3-8 м/с тезликте самал еседи.
5-февраль: ўақты-ўақты менен жаўын жаўыўы мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8м/с, батыстан тезлиги 10-12м/с қа шекем күшейеди.
6-февраль: ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қарға айланыўы мүмкин). Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 1-6° жыллы.