Өзбекстанда ҳәпте даўамында ҳаўаның температурасы +20 дәрежеге шекем көтериледи

    10 қараша 2025 480

    Бүгин ҳәм жақын күнлерде Өзбекстан аймағында ҳаўа температурасының басқышпа-басқыш көтерилиўи даўам етеди. 10-11-ноябрь күнлери түнде ҳәм азанда 0-3 дәреже ыссы, күндиз 13-16 дәреже ыссы болады.

    "Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ҳәптениң орталарынан түнги ҳәм азанғы ўақытлары ҳаўаның температурасы 4-7 дәреже ыссы, күндизги ўақытлары 17-20 дәрежеге шекем жылыйды.

    Усы күнлери республика аймағының көпшилик бөлегинде қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады. Тек ғана Ташкент ўәлаятының таўлы аймақларында 10-11-ноябрь күнлери айырым жерлерде жаўын-шашын болыўы мүмкин.

    Ташкентте: жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаныӊ температурасы 10-11-ноябрьде түнде - 2-4гр жыллы, күндиз - 13-16гр жыллы, 12-14-ноябрьде түнде - 4-7гр жыллы, күндиз - 17-20гр жыллы. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates