"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, самалдың тезлиги 7-12 м/с, 11-12-сентябрьде республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Өзбекстанның таўлы аймақларында 11-12-сентябрь күнлери айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин, 13-сентябрьде жаўын-шашын болмайды.

Ташкент қаласында дем алыс күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 16-18гр жыллы, шемби күни күндиз 28-30гр жыллы, екшемби күни 30-32гр жыллы.

Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи.