Өзбекстанда халық азық-аўқат пенен турақлы тәмийинленеди

    4 қараша 2025 918

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықты азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, от-жем ҳәм майлы егинлерди жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 12 ай мүддетке жыллық 12 процент ставкада өним баҳасының 50 процентине шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

    2025-жыл 1-ноябрьден 2030-жыл 31-декабрьге шекемги дәўирде "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ тәрепинен Кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаў қорының қаржылары есабынан исбилерменлерге белгиленген бағдарлар ҳәм шәртлер бойынша төмендегилер қаплап бериледи:

    миллий валютада ажыратылатуғын кредитлер бойынша (Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 2 есесинен аспаған муғдарда) - тийкарғы ставканың 4 процентлик бәнтинен артатуғын, бирақ 10 процентлик бәнттен көп болмаған бөлеги;

    сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлер бойынша - жыллық 8 проценттен артатуғын, бирақ 4 процентлик пункттен көп болмаған бөлеги.

    2026-жыл 1-январьдан баслап от-жем ҳәм майлы егинлер жетистириўши хожалықлардың насос агрегатлары суўғарыў ушын жумсайтуғын электр энергиясы қәрежетлериниң 50 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates