Ҳүжжетте белгиленгениндей:
мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын, бийиклиги жерден 1,3 м, ағаштың
диаметри 15 см ге шекем болған тереклер, сондай-ақ, ағаштың диаметри 10 см ге
шекем болған путалар руқсатнама тийкарында көширип отырғызылады;
тереклер ҳәм путаларды санитариялық жақтан кесиў, шақаларын
қәлиплестириў, сондай-ақ, руқсат етилген өлшемдеги нәллерди көширип өткериў
жапырақлы ҳәм ийне жапырақлы өсимликлер ушын гүзде - өсимликлердиң вегетация
дәўириниң ақырынан баслап бәҳәрги мәўсимниң 1-апрельине шекем әмелге асырылады;
тереклер ҳәм путалардың тамыр системасы сақланған ҳалда көширип
отырғызылады;
тереклерди ҳәм
путаларды көширип отырғызыўға руқсатнама ҳәр бир көширип отырғызылған терек ҳәм
пута үш жыл даўамында тәрбияланған жағдайда бериледи.
Мәмлекетлик
бағдарламалар, транспорт ҳәм жол инфраструктурасы объектлери, ири инвестициялық
жойбарлар, сондай-ақ, мәмлекетлик әҳмийетке ийе басқа да жойбарлар шеңберинде
қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўда тереклер ҳәм путалардың белгиленген
өлшемлерден артықша кесилиўине тек ғана Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарарлары тийкарында жол қойылады.
Ҳүжжет пенен
мәмлекетлик тоғай фондына киргизилмеген тереклер ҳәм путалардың баҳалы
сортларының жаңаланған дизими тастыйықланды.
Сондай-ақ, бир
қатар НҲҲ қарарларына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм
қосымшалар киргизилди:
мәмлекетлик тоғай
қорына кирмейтуғын терек ҳәм путаларды көшириўге төлемли руқсатнама бериў
системасын енгизиў;
санитариялық
мақсетлерде терек ҳәм путаларды кесиў ҳәм қәлиплестириў, сондай-ақ, оларды
көширип егиўдиң белгиленген тәртиби;
терек ҳәм пута
нәллерин көшириўге рухсатнама бериў талаплары ҳәм шәртлери.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 01.07.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».