Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мағлыўматына бола, қосымша қабыллаў төмендегилерди есапқа алған ҳалда шөлкемлестириледи:
жоқары оқыў орынларының имканиятлары,
олардың материаллық-техникалық базасы,
профессор-оқытыўшылардың кадрлар потенциалын арттырыў.
Қосымша қабыллаў параметрлери Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады.
Қосымша қабыллаўда қатнасыўды қәлеўши абитуриентлер толық мағлыўмат алыў ушын ЖООның қабыллаў комиссиясына ямаса магистратура бөлимине мүрәжат етиўи мүмкин.
Әҳмийетли тәрепи: мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қосымша қабыллаў тийкарында оқыўға кириўши абитуриентлердиң төлемли-контракт муғдары бир студент ушын әмелдеги қәрежетлерден келип шығып, оқыў орнының өзи тәрепинен белгиленеди.









