Илажды Нәшебентлик затларды қадағалаў бойынша миллий орай директоры Равшан Маматов, UNODCтың регионаллық ўәкили Оливер Стольпе, Ташкент қаласы ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары Дурдона Раҳимова ҳәм Демократиялық процесслерди таллаў орайының директоры, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Азамат Пардаев кирис сөз бенен ашты.
«CHAMPS» басламасының тийкарғы мақсетлери - балаларда зыянлы минез-қулық қәлиплесиўиниң алдын алыў, ерте алдын алыў илажларының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, турмыслық ҳәм социаллық көнликпелерди раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди бирден-бир ҳәм интеграцияласқан профилактика системасы шеңберинде бирлестириўден ибарат. Әсиресе, қәўип топарындағы балаларға айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстанда бул басламаның биринши тәжирийбе аймағы Ташкент қаласының Сергели районы болды. Бул жерде UNODC жергиликли шериклер менен биргеликте балаларды қоллап-қуўатлаў бойынша бар профилактикалық инфраструктураны баҳалайды, басламаның нәтийжелилигин арттырыў илажларын ҳәм балалардың саламат раўажланыўының тийкарғы көрсеткишлерин ислеп шығады.
Илаж жуўмағында тәреплер «CHAMPS» басламасын Өзбекстанда енгизиў бойынша рәсмий ҳүжжетлерге қол қойды.