Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 28-33 градус, қублада 35-38 градусқа шекем болады.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.
8-10-сентябрь күнлери Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларының айырым таўлы аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.
Ташкентте: бүгин күндиз ҳаўа алағат бултласып, аз муғдарда жаўын жаўыўы мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-6 м/с, 8-сентябрьде айырым жерлерде 8-10 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ҳаўаның температурасы түнде 18-20 градус жыллы, күндиз 30-32 градус жыллы.