Усы Реже картошканың киши түйнеклерин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Аўыл хожалығы министрлигине бюджеттен ажыратылатуғын трансферт қаржыларынан пайдаланыў тәртибин белгилейди.
Президенттиң 2025-жыл 8-сентябрьдеги ПҚ-269-санлы қарарына муўапық, 2026-жылдан баслап картошка нәллерин жетистириўди қаржыландырыў ушын Аўыл хожалығы министрлигине республикалық бюджеттен 1,5 миллион АҚШ доллары эквивалентинде миллий валютада трансферт қаржылары ажыратылады.
Қаржылар Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы тәрепинен жумсалып, тек ғана мини-түйнеклер жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын қаратылады.








