Өзбекстанда жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў тәртиби белгиленди

    Билимлендириў 16 қыркүйек 2025 2593

    Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң 13.09.2025-жылдағы 578-санлы қарары менен Жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Режеге муўапық, жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў:

    мәмлекетлик грант, соның ишинде, Президент ҳүжжетлери менен тастыйықланған бакалавриат бағдарлары бойынша билимлендириў грантлары;

    Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланған қабыллаўдың улыўма параметрлери.

    Кириў имтиханлары еки бөлимнен ибарат:

    биринши бөлим - бакалавриаттың барлық бағдарлары ушын үш пән: ана тили, математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлеринен мәжбүрий тест сынақлары;

    екинши бөлим - абитуриент таңлаған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес келетуғын еки пәннен тест сынақлары ямаса кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар.

    Қабыллаў процеси 2 басқышта өтеди:

    биринши басқыш (5-25-июнь) пәнлер комплекси, оқытыў тили ҳәм тест сынақларын тапсырыў аймағын таңлаўды өз ишине алады;

    екинши басқыш (тест сынақлары жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында) жоқары оқыў орны, бакалавриат тәлим бағдары, оқыў түри ҳәм таңлаўдың тийкарғы бағдарын таңлаўды нәзерде тутады.

    Абитуриент топлаған балл ҳаққындағы мағлыўмат тест сынақлары өткерилген күнниң ертеңине жәрияланады.

    Таңлаў нәтийжелери - абитуриент студентликке усыныс етилди ямаса усыныс етилмеди - қабыллаўдың екинши басқышы жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддетте Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates