Бундай үлкен көлемдеги шеклеўлерди бийкарлаў биринши мәрте әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.

Атап айтқанда, Ҳүкимет қарары менен ветеринария хызмети қадағалаўындағы 1 мың 568 товарлар бойынша өнимлерге муўапықлық сертификатын алыўға байланыслы 1 мың 600 ден аслам мәжбүрий талаплар, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен туризм хызметлерин көрсетиў ҳәм жумыс түрлерин әмелге асырыўдағы айырым артықша шеклеўлер бийкар етилмекте.

Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен импортты әмелге асырыўда товар баҳасының 5 мың АҚШ доллары муғдарындағы шеклеў, туристлерге турақ жайларды 30 күнге шекем ижараға бериў, ағаштан мебель таярлаўға байланыслы талаплар бийкар етилди.

Бул арқалы исбилерменлердиң ҳәкимшилик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиўинде артықша бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў, қәрежет, ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлеўге ерисиледи.

Бүгинги күнде Исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талаплардың бирден-бир электрон реестрине 36 мыңнан аслам мәжбүрий талаплар киргизилгенин, Әдиллик министрлиги тәрепинен турақлы түрде тармақлар кесиминде исбилерменлерге қосымша қолайлықлар жаратыў ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў бойынша усыныслар ислеп шығылып атырғанын атап өтиў керек.