"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 11-март күни аймақтың үлкен бөлегинде жаўын-шашын тоқтайды. Ҳаўаның температурасы түнде 1-3гр суўыққа шекем, айырым жерлерде 5гр суўыққа шекем төменлейди, күндиз 0-5гр жыллы. Республика арқасында түнде 7-10гр суўық, күндиз 0-5гр жыллы. Самалдың тезлиги республиканың айырым аймақларында 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында 22-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

10-11-март күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин. Таўларда қар көшиўи қәўипли.

12-март күни түнде суўық сақланып, күндиз суўық ҳаўа массасы республика аймағынан шегиниўди баслайды. Ҳаўаның температурасы көтериледи ҳәм жумыс ҳәптесиниң ақырына келип күндизги ўақытлары ҳаўа 10-15° жыллыға шекем ысыйды.

Бул күнлерде жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Түнде ҳәм азанда айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

Ташкентте бүгин күндиз ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Ҳаўаның температурасы 2-4° жыллы.

Жақын түнде азырақ жаўын-шашын болыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 1-3гр суўық, күндиз 2-4гр жыллы болады.

12-13-март күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2гр суўық, күндиз 11-13гр жыллыға шекем көтериледи.

Самалдың бағыты арқа-шығыстан күшсизден орташаға шекем еседи.