Қарарға муўапық, мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлериниң ықтыярлы ағзалығы тийкарында Өзбекстан суд экспертлери палатасы шөлкемлестириледи.

Мәмлекетлик емес суд экспертлериниң кәсиплик ҳәм әмелий таярлық дәрежесин анықлаў, олардың нызамға қайшы ҳәрекетлери менен байланыслы жағдайлардың әдил ҳәм қалыс көрип шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде Әдиллик министрлиги жанында Эксперт-қәнигелик комиссиясының жумысы жолға қойылады.

2025-жыл 1-ноябрьден баслап адвокат сораўы тийкарында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша суд-экспертиза шөлкемлеринде шәртнамаға муўапық экспертиза өткериў тәртиби енгизиледи.

2025-жыл 1-декабрьден баслап мәмлекетлик емес суд экспертлерине суд-экспертлик бюросы тәризинде жеке тәртипте жумыс алып барыў ҳуқықы бериледи.

2025-жыл 15-декабрьден баслап физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын «Sud-ekspert» порталы арқалы Әдиллик министрлиги жанындағы Х.Сулайманова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайына эксперт тексериўлерин өткериў бойынша онлайн мүрәжат етиў имканияты жаратылады.

2026-жыл 1-январьдан Республикалық суд экспертизасы орайының суд экспертлери объектлерди көзден өткериў ушын орынларға шыққанында мобил видеокамералардан (боди камералардан) мәжбүрий пайдаланыў тәртиби белгиленбекте.