Өзбекстанда шарўашылыққа субсидиялардың мүддети созылды ҳәм жаңа қоллап-қуўатлаў илажлары енгизилди

    4 қараша 2025 493

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықты азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Қарарға бола, шарўашылық хожалықларына сырт мәмлекетлерден нәсилли қарамал, қой ҳәм ешки импорты ушын субсидия ажыратыў тәртибиниң әмел етиў мүддети 2030-жыл 31-декабрьге шекем создырылды.

    2026-жыл 1-январьдан 2030-жыл 31-декабрьге шекем бир күнлик нәсилли шөжелер импорты ушын белгиленген субсидия тек ғана усы нәсилли гөшке бағдарланған бир күнлик шөжелерди жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алынған жағдайда ажыратылады.

    2026-жыл 1-январьдан 2027-жылдың ақырына шекем тири қара мал (ТИФ ТН бойынша коды 0102) ҳәм тири қой-ешкилер (ТИФ ТН бойынша коды 0104) импортында:

    есапланған қосымша қун салығын 180 күнге шекемги мүддетке кешиктириўге рухсат бериледи;

    төленген қосымша қун салығын қаплаў (қайтарыў) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

    2026-жыл 1-январьдан баслап:

    ветеринария рухсатнамасы ҳәм сертификатын көрип шығыў мүддети 2 есеге қысқартылады;

    шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўшы исбилерменлерге электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы сатып алынған азықлық өсимликлерин жетистириў ушын жер участкаларын ижараға алыў ҳуқықы ушын 5 жыл мүддетке тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates