Бағдарлама шеңберинде бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажлар өткериў режелестирилген. Атап айтқанда, үш әўлад ушырасыўы, жазыўшы ҳәм шайырлар, мәденият хызметкерлери, зыялылар қатнасыўында "Наўрызы әлем" атамасында дөгерек сәўбети өткериледи. Қатнасыўшылар әдебий ҳәм мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў мәселелери, еки тәреплеме бирге ислесиў перспективаларын додалайды.
Бағдарламада Тәжикстан кино күнлери айрықша орын ийелейди. Тажикстан кинематографиясының бүгинги раўажланыўын сәўлелендиретуғын көркем фильмлер, соның ишинде, "Қармақтағы балық", "Ҳақыйқатлық излеп", "Өмир гөззал", "Жура Саргор" картиналары тамашагөйлер итибарына усынылады.
Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында "Дослық кешеси" гала-концерти, дөретиўшилик жәмәәтлердиң концерт бағдарламалары, сүўретлеў көркем өнери көргизбелери, театр тамашалары болып өтеди.
Мәденият ҳәм кино күнлерин өткериў халықлар арасындағы дослық байланысларын беккемлеў, өз-ара мәдений алмасыў ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди.