Ҳүжжетке муўапық, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер БМШтың Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясы қағыйдаларының орынланыўын мониторинг етиўге тартылады ҳәм олар тәрепинен альтернатив баҳалаў системасы енгизиледи.

Сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәр жылы 1-апрельге шекем Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесине:

коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жойбарлар ҳәм оларды тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қаржыландырыў бойынша усыныслар;

пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги қатнасыўы, сондай-ақ, олар тәрепинен әмелге асырылған жойбарлар, изертлеўлер ҳәм үйрениўлер ҳаққындағы мағлыўматлар.

Буннан тысқары, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий ассоциациясы, "Юксалиш" ҳәрекети ҳәм "Ижтимоий фикр" жәмийетлик пикирди үйрениў орайы шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде "Коррупцияға қарсы гүресиў машқалалары бойынша аймақлық изертлеў орайы" мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми шөлкемлестирилмекте.

Халықтың, әсиресе, жаслардың, пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги белсендилигин арттырыў, жәмийетте бул иллетке маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў мәселелерин үйрениў Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген.