Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты ҳәм Наўайы ўәлаятының арқасында қар жаўады, деп хабар бермекте "Өзгидромет" баспасөз хызмети. Ташкент ўәлаятында айырым жерлерде жаўын-шашын, қар жаўыўы мүмкин.
Ташкент қаласында 26-декабрь күни күнниң биринши ярымында бираз жаўын жаўыўы күтиледи. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашын болыўы күтилмейди.
26-декабрь күни күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 2-7 дәрежеге шекем төменлейди, 27-декабрь күни түнде 3 градус суўықтан 2 градусқа шекем жыллы болады.
Республиканың арқа аймақларында 26-27-декабрь күнлери ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўыққа шекем төменлейди, күндиз 3 градус суўықтан 2 градус жыллыға шекем болыўы күтиледи.
Қазақстан ҳаўа-райы хызметиниң мағлыўматына бола, 26-декабрь күни Өзбекстанның Ташкент ўәлаяты менен қоңсылас болған Түркстан ўәлаятында да жаўын-шашын ҳәм қар жаўады. Ҳаўаның температурасы күндиз 3 градус суўықтан 2 градус жыллыға шекем, 27-декабрьде түнде 2 градус суўықтан 7 градус жыллыға шекем болады.
Онда 26-27-декабрь күнлери Қазақстанның арқа аймақларында күтилетуғын қар, боран ҳәм 20-25 градус суўыққа шекемги күшли суўық Өзбекстан аймағына тәсир етпейди.