Қарарға муўапық, 2027-жыл 1-январьдан баслап қәўипли шығындылар пайда
етиўши шөлкемлер (қәўипли шығындылардың мүлк ийелери болған юридикалық
шахслар):
экологиялық экспертиза жуўмағына муўапық қәўипли шығындыларды басқарыў
бойынша жыллық режелерди ислеп шығады ҳәм оларды Шығындыларды басқарыў ҳәм
айланба экономиканы раўажландырыў агентлигиниң (Агентликтиң) аймақлық
басқармалары менен келисип алады;
жыллық режелерде төмендеги көрсеткишлерди нәзерде тутады:
қәўипли шығындылардың пайда болыў көлемин қысқартыў;
қәўипли шығындыларды қайта ислеў үлесин арттырыў, оларды қәўипсиз
жайластырыў;
қәўипли
шығындыларды қайта ислеў ямаса көмиў ушын тийисли ўәкилликке, инфраструктураға
ҳәм қайта ислеў, зыянсызландырыў, утильизациялаў ямаса көмиў ушын экологиялық
экспертизаның унамлы жуўмағына ийе болған қәнигелестирилген шөлкемлерге бериў.
Пайдаланыўдан
шығарылған қәўипли шығындылар сақланатуғын (жайластырылатуғын) барлық арнаўлы
имаратлар ҳәм ашық майданлар (арнаўлы объектлер) оларды экологиялық тиклеў ушын
зәрүр болған қаржылар менен бирге Агентликке бийпул бериледи.
2026-жыл
1-октябрьден баслап қәўипли шығындылар пайда етиўши шөлкемлердиң статистикалық
есабатлары жыл жуўмағы бойынша қәлиплестириледи.