Үргенш мәмлекетлик медицина институты шөлкемлестириледи

    Билимлендириў 9 қазан 2025 389

    "Үргенш мәмлекетлик медицина институты жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (621-санлы, 03.10.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, Ташкент медицина академиясы Үргенш филиалы клиникасының аты Үргенш мәмлекетлик медицина институты клиникасына өзгертиледи.

    Төмендегилер Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

    үзликсиз медициналық профессионал билимлендириў системасында жоқары маманлықтағы медицина кадрларын таярлаў, оларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;

    студентлер арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ушын шараятлар жаратыў;

    илимий-педагогикалық потенциалды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, педагогикалық технологияларды ҳәм оқытыў методларын жедел жетилистириў;

    медициналық билимлендириў ҳәм илимниң әмелият пенен интеграциясын тәмийинлеў, медициналық жәрдем көрсетиў дәрежесин арттырыў.

    2025/2026-оқыў жылынан баслап институтта таяныш докторантура ҳәм докторантура қәнигеликлери ашылады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates