Мағлыўмат ушын: Өзбекстанда
интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын енгизиў мақсетинде Уллы
Британияның «IQF - Integrated qualifications framework» билимлендириў шөлкеми менен биргеликте
Халықаралық маманлық ҳәм баҳалаў орайы (Орай) шөлкемлестирилди.
Қарарға муўапық, Орайға
төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:
ислеп шығылған
интеграцияласқан бағдарламаларды QS (Quacquarelli Symonds)
ямаса THE (The Times Higher Education)
халықаралық рейтинг шөлкемлериниң топ-100 глобаллық рейтинги дизимине
киргизилген бирге ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлериниң академиялық
талапларына муўапықластырыў (топ-100 дизим);
"Топ-100" дизимине киргизилген бирге
ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен тән алынатуғын
"1+3," бакалавриатта "2+2," магистратурада "1+1"
билимлендириў модельлерин ислеп шығыў;
Өзбекстан Республикасында жетекши сырт ел жоқары
билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломын бериўге
бағдарланған структураларды (кампуслар, филиаллар, франшизалар, билимлендириў
бағдарламаларын әмелге асырыў орайлары ҳәм басқалар) шөлкемлестириў бойынша
келисимге ерисиў.
Уллы Британияның алдынғы тәжирийбеси тийкарында
интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын енгизиўди және де кеңейтиў
мақсетинде Ташкент архитектура-қурылыс университети жанында тәжирийбе тәризинде
"Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектеби"н шөлкемлестириў белгиленди.