Илажда мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм миллий экспертлер қатнасты.
Өзбекстан экономикасында жер ресурслары әҳмийетли орын тутады. Олар аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги, халықтың бәнтлиги, аўыллық жерлерди раўажландырыў ҳәм турақлы экономикалық өсиўдиң тийкары болып есапланады. Узақ ўақыт даўамында жерди басқарыў тийкарынан мәмлекет тәрепинен әмелге асырылған болса да, соңғы жыллары ҳүкимет жер ҳуқықлары кепилликлериниң системасын жаратыў, жерден пайдаланыў ҳуқықлары базарын раўажландырыў ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўды жетилистириў арқалы базар моделине өтиў бойынша қәдемлер тасламақта. Бул реформалардың әҳмийетли бағдарларынан бири Жер кодексин қайта көрип шығыў ҳәм жер ресурсларын басқарыўды жетилистириў бойынша миллий стратегияны ислеп шығыў болды.
Өзбекстан Республикасының рәсмий сораўына жуўап ретинде ФАО жер реформаларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған жойбарды әмелге асырыўды баслады. Бул жойбар шеңберинде аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў ҳуқықларын бөлистириў, жер ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм жерден пайдаланыў ҳуқықлары базарын раўажландырыў мәселелерине бағышланған үш стратегиялық хат таярланған. Семинар даўамында усы ҳүжжетлер таныстырылды ҳәм қатнасыўшылар менен додаланды.
Илажды ФАОның Өзбекстандағы ўәкилиниң орынбасары Шерзод Умаров, аўыл хожалығы министриниң халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Нуриддин Қўшназаров ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги жуўапкерлери ашып берди. Додалаўларды ФАОның халықаралық экспертлери - жер қатнасықлары бойынша қәниге Брэдли Патерсон ҳәм халықаралық юрист Томас Версинскас миллий консултантлар менен биргеликте алып барды.
Нуриддин Қўшназаров аўыл хожалығы ҳәм жер қатнасықлары тараўындағы реформалар мәмлекетимиздиң раўажланыўында әҳмийетли қәдем екенин атап өтти. Оған мысал ретинде Президентимиздиң 2025-жыл 12-сентябрьдеги жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аўыл хожалығында турақлы экономикалық орталықты жаратыўға қаратылған ПП-172-санлы Пәрманын келтирип өтти. Ол ФАО менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбар нызамшылықты халықаралық стандартларға бейимлестириў, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторлардың мәплерин үйлестириў ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
ФАОның Өзбекстандағы ўәкилиниң орынбасары Шерзод Умаров Жер кодексиниң қайта көрип шығылыўы тек ғана ҳуқықый реформа емес, ал экономиканы раўажландырыў, аўыл халқының турмыс шараятын жақсылаў, жерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм келешек әўладлар ушын ресурсларды сақлап қалыўға үлес қосатуғынын атап өтти. ФАО жумысы жер ресурсларын жуўапкершиликли басқарыўдың халықаралық принциплерине сүйенетуғынын, мәмлекетлик уйымлар, мәҳәллелер ҳәм пуқаралар менен бирге ислесиўге қаратылғанын атап өтти.
ФАОның жер қатнасықлары бойынша халықаралық қәнигеси Брэд Патерсон жер ресурсларын нәтийжели басқарыў Өзбекстан аўыл хожалығын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы шәрти екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, жерден пайдаланыўшылар ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, ҳуқықый базаны жетилистириў ҳәм базар механизмлерин енгизиў фермерлер ҳәм аўыллық аймақлар ушын жаңа имканиятлар жаратады, ФАО жойбары болса халықаралық тәжирийбени миллий шараятларға бейимлестириўге қаратылған.
Семинар жуўмағында ФАО жер ресурсларын басқарыўдың ашық-айдын, нәтийжели ҳәм әдил системасын жаратыўда Өзбекстанды қоллап-қуўатлайтуғынын тастыйықлады. Бул жумыслар азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, аўыл халқының турмыс шараятын жақсылаў ҳәм мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўине хызмет етеди.









