Сондай-ақ, олар турақ жай сатып алыў ушын ипотека кредити бойынша субсидия алыўы ушын 15 жыллық педагогикалық стажға ийе болыўы керек.
Ҳүжжетке муўапық, усы категориядағы педагоглар ушын ипотека кредити бойынша дәслепки төлемниң 25 проценти мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
Субсидия алыў ушын оқытыўшылар Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир портал арқалы мүрәжат етиўи мүмкин. Мағлыўматларды тексериў министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары арқалы автоматикалық түрде әмелге асырылады. Бул мәмлекетлик хызмет бийпул көрсетиледи.
Субсидия алыў ҳуқықына 15 жылдан жоқары стажға ийе, унамлы кредит тарийхына ийе ҳәм алдын ипотека субсидиясын алмаған жоқары маманлық категориясына ийе педагоглар ийе. Бир шаңараққа (ерли-зайыплыларға) жәрдем тек ғана бир мәрте бериледи.
Социаллық критериялар бойынша автоматикалық түрде тексерилгеннен соң, еки жумыс күни даўамында мүрәжат етиўшиге QR-код қойылған электрон хабарнама жибериледи. Банк ипотека кредитин өзиниң ишки тәртип-қағыйдалары тийкарында рәсмийлестиреди, субсидия қаржылары болса дәслепки төлемди төлеў ушын қатаң түрде өткерип бериледи.
Егер дәслепки төлем субсидия муғдарынан артып кетсе, айырмашылықты арза бериўши төлейди. Экономика министрлиги банк сораўынан кейин 5 күн ишинде «subsidiya.idm.uz» платформасы арқалы қаржыларды өткерип береди.
Субсидия қаржыларынан қатаң түрде мақсетли пайдаланыў керек. Егер олардан 30 күн ишинде пайдаланылмаса, ҳәр бир кешиктирилген күн ушын 0,033 процент пеня есапланған ҳалда бюджетке қайтарылады.
Ипотека шәртнамасы бийкар етилген ямаса турақ жай сатылған жағдайда субсидия толық қайтарылады.
Нызамбузыўшылықлар, соның ишинде, надурыс мағлыўматлардың берилиўи, унамсыз кредит тарийхының бар екенлиги, алдын усындай жәрдем алғанлығы, басқа мәмлекетлик бағдарламаларда қатнасқанлығы ямаса белгиленген лимиттиң толып кеткенлиги анықланған жағдайда субсидия ажыратыўды бийкарлаў мүмкин.
Субсидия бир шаңараққа (ерли-зайыплылардан бирине) тек ғана бир мәрте бериледи ҳәм тек ғана бирлемши базардағы турақ жайларға қолланылады.
2026-жылы бул бағдарға Мәмлекетлик бюджеттен 200 миллиард сумға шекем қаржы қаратылыўы режелестирилген.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 20.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».