Режеге муўапық, сыйлық жеңимпазларын анықлаў бойынша таңлаў ҳәр еки жылда бир мәрте өткериледи.
Сыйлықлар менен театрлардың репертуарын әҳмийетли темалардағы сахналық шығармалар менен байытыўға мүнәсип үлес қосқан белсенди режиссёрлар ҳәм драматурглер сыйлықланады.
Жеңимпазларға ең кем мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, диплом ҳәм статуэткалар тапсырылады.
Дөретиўшилерди усы сыйлықлар менен сыйлықлаў бойынша усыныслар тийисли шөлкемлер тәрепинен Мәденият министрлигине киргизиледи.
Мәденият министрлиги усынысларды көрип шығады ҳәм таңлаў өткерилетуғын жылдың 1-февралына шекем тийисли комиссияға усынады.
Комиссия талабанлардың ҳүжжетлерин үйренип шығып, 1-мартқа шекем ҳәр бир сыйлық бойынша бир ең мүнәсип талабан бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етеди.
Сыйлықлар Өзбекстан Республикасы мәденият министри ямаса оның тийисли орынбасары тәрепинен 27-март - Халықаралық театр күни алдынан салтанатлы түрде тапсырылады.









