Тийкаргы ўазыйпалар:
өндирис көлемин 62 триллион сумға, экспорт көлемин 1,5 миллиард долларға жеткериў;
экологиялық таза, ресурс үнемлеўши ҳәм энергия үнемлеўши қурылыс материалларын ислеп шығарыў;
өндирис процесслерин илимий изертлеўлер менен интеграциялаў;
қурылыс материалларының қәўипсизлигин қадағалаўды күшейтиў.
Еки ҳәпте мүддетте 2028-жыл 1-январьға шекем импорт етиўде бажыхана бажысынан азат етилетуғын қурылыс материалларын ислеп шығарыў ушын зәрүр болған шийки зат ҳәм материаллар дизими тастыйықлансын. Сондай-ақ, қурылыс материалларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша 3,5 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлардың жыйынды параметрлери ислеп шығылады.
Юридикалық шахс статусында "Қурылыс материаллары санааты кәрханаларында жасалма интеллект ҳәм санластырыўды қоллап-қуўатлаў компаниясы"н шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде кәрханалар жумысына АИ технологияларын, санластырыў ҳәм автоматластырыў системаларын енгизиў, илимий потенциалды арттырыў, сондай-ақ, энергетикалық аудит өткериў қәрежетлерин қаплаў ушын ҳәр жылы 100 миллиард сум ажыратылады.
2026-жыл 1-июльден баслап жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин қала қурылысы экспертизасынан өткериўде экологиялық таза, ресурсты үнемлейтуғын ҳәм энергияны үнемлейтуғын қурылыс материаллары көлеминиң кеминде 25 процентин қурыў талаплары киргизиледи.
Соның менен бирге, имарат ҳәм объектлерди қурыўда жергиликли қурылыс материалларының үлеси кеминде 80 процент болыўы шәрт екенлиги белгиленбекте.
Инновациялық раўажланыў агентлиги 2026-жыл 1-январьдан баслап қурылыс материаллары тараўында жумыс алып барып атырған жас илимпазлар ушын сырт елде илимий стажировка өтеў бойынша таңлаў жәриялайды.
Сондай-ақ, Өзбекстан стандартлар институтында қурылыс материаллары санааты хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бойынша үш жыллық бағдарламаны тастыйықлаў режелестирилген.
2026-жыл 1-марттан баслап "Техникалық жақтан тәртипке салыў" ҳәм "Ашық-айдын қурылыс" мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў шеңберинде өнимлериниң қәўипсизлиги талапқа жуўап бермейтуғыны анықланған қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы ҳәм жеткерип бериўшилердиң электрон реестри енгизиледи.
Сондай-ақ, қәўипли қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы ҳәм жеткерип бериўшилердиң дизимин жәриялаў әмелияты енгизиледи.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 02.12.2025-жылдан күшке кирди, деп хабар бермекте «Norma».








