"Мениң бағым" жойбарларын шөлкемлестириў процесслерин жетилистириў ҳәм оларды әмелге асырыўдың жаңа механизмлерин енгизиўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:
сайлаўшылардың мәплери ҳәм аймақтың экологиялық жағдайынан келип шығып, "Мениң бағым" жойбарлар таңлаўында жеңимпаз болмаған жойбарларды Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен жеңимпаз деп жәриялаў әмелиятын жолға қойыў;
аймақтың топырақ-климат шараятына ҳәм суў тәмийнатына муўапық "Мениң бағым" жойбарларын қәлиплестириў системасын енгизиў;
жасыл бағлар ҳәм жасыл жәмийетлик парклерде терек ҳәм өсимликлерди егиў, турақлы күтиў және "Мениң бағым" жойбарлары шеңберинде шөлкемлестирилген объектлерди сапалы сақлаў бойынша жаңа әмелият енгизиў.
Пәрманға муўапық, депутатлар тәрепинен "Ашық бюджет" мәлимлеме порталында таңлаўда жеңимпаз болмаған кеминде бир "Мениң бағым" жойбарын тийисли сайлаў округи сайлаўшыларының мәплери ҳәм аймақтың экологиялық жағдайынан келип шығып жеңимпаз деп жәриялаў әмелияты енгизилмекте.