Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2025-жыл 10-декабрьдеги ПП-246 санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў
мақсетинде қабыл етилген.
Еслетип өтемиз, бул Пәрманда саўда ҳәм хызмет көрсетиў
тараўындағы барлық юридикалық тәреплер ушын бирден-бир QR-код арқалы төлемлерди қабыл етиў системасын
басқышпа-басқыш енгизиў белгиленген.
Ҳүжжетке муўапық, төлемлерди QR -код арқалы әмелге асырыўдың бирден-бир тәртиби,
сондай-ақ, бирден-бир QR-код системасының қатнасыўшыларының
ўазыйпалары белгиленбекте.
Бирден-бир QR-код пайдаланыўшыларға қәлеген банк
ямаса төлем шөлкеминиң мобил қосымшасы арқалы төлемлерди әмелге асырыў
имканиятын береди.
Бул қағыйдалар төмендегилерди нәзерде тутады:
QR-кодлар статикалық ҳәм динамикалық түрлерге бөлинеди;
- бирден-бир QR-код системасы арқалы барлық төлем
системаларының өз-ара интеграциясы тәмийинленеди;
QR-код системасының операторы тәрепинен төлемлер ҳәм
есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматлар автоматластырылған түрде әмелге асырылады
ҳәм реал ўақыт режиминде система қатнасыўшыларына жеткериледи;
QR-код системасы шеңберинде қарыйдарларды
қоллап-қуўатлаў хызмети ҳәм мүрәжатлардың жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды
жүклеп алыў имканияты жаратылады.
Қағыйдаларға бола, ҳәр бир пайдаланыўшыға мобил
қосымшалар арқалы QR-кодты сканерлеў, төлем муғдарын
тастыйықлаў, ҳәр бир операция бойынша онлайн мағлыўмат алыў ҳәм транзакциялар
тарийхы менен танысыў имканияты жаратылған.