Нызамға муўапық, нормативлик ҳуқықый актти қабыл етиў ҳуқықына ийе болған уйым ямаса лаўазымлы шахс ўәкилликли уйым есапланады.
Ҳуқықый эксперименттиң мүддети 6 айдан 3 жылға шекемги мүддет етип белгиленеди.
Ҳуқықый экспериментлердиң бирден-бир реестри ҳуқықый экспериментти шөлкемлестириў, өткериў ҳәм оның жуўмақлары бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алады.
Ҳуқықый эксперимент белгили бир аймақ ҳәм (ямаса) шахслар шеңбери бойынша шеклеўлер менен белгиленген ўақыт аралығында өткериледи.
Ҳуқықый эксперимент нәтийжелери бойынша ўәкилликли уйым ҳуқықый эксперимент жуўмақлары ҳаққындағы есабат тийкарында төмендеги қарарлардың бирин қабыл етеди:
ҳуқықый эксперимент тәртибинде қабыл етилген нормативлик ҳуқықый акт ямаса эксперименталлық ҳуқықый нормалардың ўақыт бойынша, белгили бир аймақ ҳәм (ямаса) шахслар шеңбери бойынша әмел етиўи шекленбеген ҳалда қабыл етилиўиниң мақсетке муўапықлығы ҳаққында;
ҳуқықый эксперимент тәртибинде қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый актти ямаса эксперименталлық-ҳуқықый нормаларды олардың әмел етиўи ўақыт бойынша, белгили бир аймақ ҳәм (ямаса) шахслар шеңбери бойынша шекленбеген ҳалда қабыл етиў мақсетке муўапық емеслиги ҳаққында;
ҳуқықый эксперимент өткериў мүддетин созыў ҳаққындағы.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке киреди.