"Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында"ғы 1993-жыл 3-сентябрьдеги 938-ХII-санлы Нызамның 9-статьясына муўапық, пенсия алыў ҳуқықын беретуғын өндирислер, мәкемелер, жумыслар, кәсиплер ҳәм лаўазымлардың тастыйықланған дизимлерине муўапық пуқаралардың айырым категориялары жеңиллетилген шәртлерде пенсия алыў ҳуқықына ийе:
жасына қарамастан;
улыўма белгиленген жасты 10 жылға азайтыў менен;
улыўма белгиленген жасты 5 жылға азайтыў менен.
Жеңиллетилген шәртлерде пенсия алыў ҳуқықына урыс майыплары, балалықтан майыплығы болған балалардың аналары, лилипутлар ҳәм карликлер де ийе.
Жасына қарамастан жеңиллетилген пенсия алыў ҳуқықына төмендегилер ийе:
таў-кән санаатының жетекши кәсиплериниң хызметкерлери, егер олар бул жумысларда кеминде 20 жыл ислеген болса;
тиккелей жер асты ҳәм ашық кән жумысларында (кән-қутқарыў бөлимлериниң жеке қурамы менен бирге), көмир, руда ҳәм басқа да пайдалы қазылмаларды қазып алыўда, шахта ҳәм кәнлер қурылысында толық жумыс күни менен бәнт болған хызметкерлер, егер олар усы жумысларда кеминде 25 жыл бәнт болған болса;
ушыўшылар ҳәм ушыў-сынақ қурамының хызметкерлери, олар жумыс ислеген кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ведомстволық бойсыныўына қарамастан, усы лаўазымларда ер адамлар ушын кеминде 25 жыл ҳәм ҳаял-қызлар ушын кеминде 20 жыл ислеген болса;
театрлар ҳәм басқа да театр-тамаша кәрханалары артистлериниң айырым категориялары кеминде 20 жыл, 25 жыл, 30 жыл дөретиўшилик жумыс стажына ийе болғанда;
кеминде 20 жыллық жумыс стажына ийе спортшылардың айрықша категориялары.
Сондай-ақ, ҳүжжет пенен Жеңиллетилген пенсияға шығыў ҳуқықын беретуғын өндирислер, мәкемелер, жумыслар, кәсиплер, лаўазымлар ҳәм көрсеткишлер дизимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ушын ҳүжжетлерди усыныўдың бирден-бир талапларын белгилейтуғын реже тастыйықланды.
Кәрханалардың дизимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усыныслары жумыс орынларын мийнет шараятлары ҳәм жарақатланыў қәўпи бойынша үскенелениўи бойынша аттестациядан өткериў нәтийжелери бойынша тастыйықланады.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 13.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









