Қарарға муўапық, креатив экономиканы 2030-жылға шекем раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди:

креатив экономиканың жалпы ишки өнимдеги үлесин 5 процентке жеткериў - 145 триллион сумға шекем;

креатив индустрия өнимлери ҳәм хызметлериниң экспортын 1 миллиард АҚШ долларынан асырыў;

тараўда әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңбериндеги жумыс орынларының санын 500 мыңға жеткериў.

2026-2027-жылларда биринши басқышта мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында төмендегилерден ибарат Креатив индустрия парки (Креатив парк) инфраструктурасы жаратылады:

сейил етиў, дем алыў ҳәм бос ўақтын өткериў ушын аймақлар, көркем өнер объектлери ҳәм монументал көркем өнер шығармаларын өз ишине алған жасыл бағ;

санлы дизайн ҳәм бағдарламаластырыў бағдарындағы абырайлы халықаралық мектеп;

бук-кафе, спорт ҳәм воркаут майданлары, мийманханалар;

көркем өнер ғайраткерлериниң павильоны, креатив устаханалар, экологиялық таза офис ханалары ҳәм коворкинг орайы.