Суд системасын реформалаўдың тийкарғы бағдарлары:

"халық суды" - судлар жумысының ашық-айдынлығы, жәмийетте судқа болған сөзсиз исенимниң беккемлениўи;

"әдиллик таянышы" - әдил судлаў системасының ғәрезсизлиги;

"кепилликли әдиллик" - пуқаралардың бузылған ҳуқықларын судта тиклеў кепилликлери;

"әдиллик сақшылары" - халыққа хызмет ететуғын, жоқары әдеп-икрамлылық ҳәм кәсиплик пазыйлетлерге ийе судьялар корпусын қәлиплестириў;

"санлы әдил судлаў" - суд жумысларын толық санластырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў;

"халықаралық тән алыў" - инсан ҳуқықлары тараўындағы алдынғы халықаралық стандартларды миллий суд әмелиятына имплементациялаў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў.

Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

"Әдил судлаў - 2030" стратегиясы: Жаңа Өзбекстанда инсан ҳуқықларын исенимли қорғайтуғын халықшыл ҳәм әдил суд системасын қурыў;

" Әдил судлаў - 2030" стратегиясын 2026-2028-жылларда әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы;

"Әдил судлаў - 2030" стратегиясы шеңберинде ерисилип атырған тийкарғы мақсетлер.

Суд қарарларын қайта көриўдиң қалыслығы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 2027-жыл 1-июльден баслап юрисдикциясы бир неше ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерди қамтып алған улыўма юрисдикция судлары ҳәм ҳәкимшилик судлардың бағдарламалары бойынша жумысларды қайта көриў ўәкиллигине ийе, улыўма штат бирлиги 319 болған аймақлараралық судларды шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

2027-2030-жылларда барлық аймақларда суд системасындағы штат бирликлери шеңберинде пуқаралық ислери бойынша районлық, қалалық судлар шөлкемлестириледи. Бул, әсиресе, алыс аймақларда пуқаралардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятын арттырыўға хызмет етеди.

Жынаят исин судқа шекем жүргизиў басқышында суд қадағалаўын күшейтиў.

2027-жыл 1-июльден баслап "тийкарлы гүман" (Prima Facie) халықаралық стандартына муўапық, шахсты услап турыўдың нызамлылығы ҳәм тийкарлылығын, сондай-ақ, гүман етиў ямаса айыплаў ушын тийкарлардың жетерли екенлигин тексериў ушын санкция бериў ҳаққындағы илтимаснаманы көрип шығыўда тергеў судьясы гүман пайда болған жағдайда тергеў сырын тәмийинлеген ҳалда қосымша ҳүжжетлерди талап етип алыўға ҳақылы.

Бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў

2027-жыл 1-августтан баслап Жоқарғы суд Президиумының бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириўши қарарларын ашық жәриялаў ҳәм белгиленген тәртипте турақлы жаңалап барыў әмелияты ("Председентлер реестри") енгизиледи.

Сондай-ақ, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў ушын жәмийетлик тийкарда эксперт кеңеслери шөлкемлестирилмекте.

Соның менен бирге, 2030-жылға шекем судларға мүрәжат ететуғын пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын суд имаратларының кириў бөлиминде басқышпа-басқыш "бир айна" принципи тийкарында хызмет көрсетиў офислерин шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Оларда зәрүр мағлыўматлар қабыл етиледи, процессуал мүрәжатлар, сондай-ақ, санлы суд хызметлеринен пайдаланыўда жәрдем көрсетиледи.

"Судтың белсенди қатнасыўы" принципин қолланыў көлемин кеңейтиў;

Экономикалық келиспеўшиликлерди жедел ҳәм әдил шешиў, исбилерменлик субъектлери ҳәм инвесторлардың ўақты ҳәм қәрежетлерин үнемлеў мақсетинде 2028-жыл 1-январьдан баслап "экономикалық жумысларды проактив басқарыў" (Proactive Case Management) стандарты енгизиледи. Ол судьяға исти көриў процесинде анықланған әҳмийетли болмаған (рәсмий) кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў миннетлемесин жүклеўди нәзерде тутады.

Судьяларды әдил судлаў менен байланыслы болмаған ўазыйпалардан азат етиў

2028-жыл 1-январьдан баслап:

суд ҳәкимшилиги (Court Administration) институтын енгизиў;

судьялардың жумысын шөлкемлестириўшилик, материаллық-техникалық, финанслық ҳәм мәлимлеме-аналитикалық жақтан тәмийинлеўге жуўапкер суд ҳәкимшилигин шөлкемлестириў;

судларда басқарыў лаўазымларын оптималластырыў ҳәм артықша буўынларды қысқартыў.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 15.08.2026-жылдан күшке кирген, деп жазады «Norma».