Өзгидромет мағлыўматларына бола, бул күнлерде ҳаўа бираз бултлы болады,
жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана бүгин күндиз республиканың таўлы аймақларында
айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Республика бойынша айырым жерлерде самал 13-18 м/с қа шекем күшейиўи,
айырым жерлерде шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.
Ташкентте бүгин ҳәм дем алыс күнлери ҳаўа бираз бултлы болады,
жаўын-шашын күтилмейди.
Ҳаўаның температурасы тийкарынан түнде 23-26 градус,
күндиз 14-15-августта 38-40 градус, 16-августта 36-38 градус болады.
Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде
10-14 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.