"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, дем алыс күнлери
республикамыз аймағында жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы үстинлик етеди. Тек ғана
25-апрель, шемби күни Қарақалпақстанның арқа бөлиминде ҳәм Ферғана ойпатының айырым
жерлеринде, 26-апрель, екшемби күни Ташкент ўәлаятының айырым жерлеринде қысқа
мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Шемби күни күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 28-31
дәрежеге шекем, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 32-35 дәрежеге шекем жылыйды.
Екшемби күни көпшилик ўәлаятларда ҳаўа температурасы бирдей
болады. Тек ғана Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятында күндизги температура
20-23 дәрежеге шекем, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында 25-28 дәрежеге шекем
төменлейди.
24-25-апрель күнлери арқа ҳәм шөл аймақларында, 26-апрель
күни республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем
күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.
Ташкентте бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның
температурасы 25-27°.
Шемби күни жаўын-шашын болмайды. Екшемби күни күнниң екинши
ярымында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы, самалдың тезлиги 10-12
м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Дем алыс күнлери ҳаўаның температурасы 27-30°
әтирапында болады.