Мақсет - стартап жойбарларды барлық басқышларда институционаллық, финанслық ҳәм инфраструктуралық қоллап-қуўатлаўды әмелге асырыў.
2030-жылға шекемги мақсетли көрсеткишлер:
стартап жойбарлар санын 5 мыңға, тартылған венчур инвестициялардың көлемин 2 миллиард долларға жеткериў;
баҳасы 1 миллион доллардан артық болған 500 стартап жойбарын, баҳасы 10 миллион доллардан артық болған 100 стартап жойбарын, баҳасы 100 миллион доллардан артық болған 25 стартап жойбарын компанияға айландырыў, стартап жойбарларды иске қосыў есабынан 20 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў;
жаслардың 2 мың стартап идеясын коммерцияластырыў, кеминде 400 жаслардың стартап жойбарларын халықаралық базарларға алып шығыў.
Сондай-ақ, стартап идеяны қәлиплестириў, стартап жойбарын ислеп шығыў, иске қосыў ҳәм кеңейтиўди өз ишине алған 4 басқышлы стартап экосистемасын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Стартап идеяларды қәлиплестириў басқышы.
Басқышпа-басқыш 2026/2027-оқыў жылынан баслап орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшылары, сондай-ақ, улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң 9-11-класс оқыўшыларының стартап идеяларын жаратыў бойынша ҳәр айда кеминде еки мәрте "Шеберлик ҳәм бизнес сааты" илажларын өткериў режелестирилмекте.
Онда оқыўшылар арасында "Ең жақсы стартап идея" таңлаўы өткерилип, район дәрежесинде жеңимпаз болғанларға 5 миллион сумға шекем, ўәлаят дәрежесинде жеңимпаз болғанларға 10 миллион сумға шекем сыйлық берилип, олардың жойбарлары Жаслар ислери агентлиги ҳәм IТ-парк тәрепинен қоллап-қуўатланады.
2026-жыл 1-апрельден баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың жумысында өз тараўындағы шешимин күтип атырған машқалалар ҳәм мәселелер бойынша краудсорсинг енгизиледи.
2026-жылдан баслап ҳәр жылы "Ең инновациялық идея" республикалық таңлаўы өткериледи. Ол стартап жойбарға айландырыў мүмкин болған идеяларды анықлайды. Бунда:
таңлаў мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында өткерилип, жеңимпазларға шөлкемниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 100 млн сум муғдарында грант бериледи;
республикалық басқыш 10 бағдар бойынша өткерилип, сыйлық қоры Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорынан 10 миллиард сум муғдарында белгиленеди;
ең жақсы идеялар (идеатонлар) ҳәм IТ-шешимлер (хакатонлар) таңлаўларының жеңимпазларына грант ҳәм заёмлар бериледи.
Стартап жойбарын ислеп шигиў басқышы.
2027-жылдан лаборатория ҳәм үскенелер, экспертлер, коворкинг зоналары ҳәм басқаларға ие изертлеўлер ҳәм қолланбалар орайлары (R&D center) иске қосылады.
Сынақтан өткериў ушын таңлап алынған жылына 10 ға шекемги (50 мыңнан аспаған) перспективалы жойбарлардың үлги модельин (MVP) жаратыў қәрежетлериниң 50 процентке шекемги бөлегин қаплаў ушын «R&D» ваучеры бериледи.
2026-жыл 1-сентябрьден баслап жоқары билимлендириў шөлкемлеринде "Стартап генераторлары - жоқары оқыў орынлары" бағдарламасы иске қосылады. Онда студентлер акселераторлары шөлкемлестирилмекте, абырайлы халықаралық акселераторлар ҳәм университетлер менен стажировка ҳәм алмасыў бағдарламалары енгизилмекте.
стартап жойбарын иске түсириў басқышы
2026-жыл 1-апрельден баслап "Санлы стартаплар" бағдарламасында қатнасып атырған стартап жойбарларға IТ-парк резиденти статусы бериледи және оларға нызамшылықта белгиленген тийисли жеңиллик ҳәм преференциялардан минимал экспорт көрсеткишлерин талап етпеген ҳалда пайдаланыўға руқсат бериледи.
2026-жыл 1-апрельден баслап Стартаплар экосистемасының бирден-бир электрон платформасында дизимнен өткен стартаплар экосистемасының қатнасыўшыларына төмендегилер қаплап бериледи:
тийисли бағдарлар бойынша оқыў курсларында оқыў ҳәм сертификат алыў, сондай-ақ, абырайлы акселерация ҳәм инкубация бағдарламаларында қатнасыў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 процентине шекем (бирақ эквиваленти 20 мың АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда);
патентлеў, сондай-ақ, интеллектуаллық жумыс нәтийжелерин ҳәм саўда белгилерин дизимнен өткериў қәрежетлери.
Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры қаржылары есабынан жаслардың стартап жойбарларына жергиликли инкубация ямаса акселерация бағдарламаларында қатнасыў менен байланыслы төлемлер ушын ҳәр айда ажыратылатуғын, улыўма муғдары БЕМның 100 есесинен аспаған грант ажыратылады.
Стартап жойбарын кеңейтиў (экспорт) басқышы.
Платформадағы табыслы стартаплар реестрине киргизилген, салық ҳәм мүддети өткен дебитор қарыздарлығы болмаған, сондай-ақ, салық қәўипи төмен дәрежеде болған жойбарларға сырт мәмлекетлерде кәрхана шөлкемлестириў, олардың устав фондларын қәлиплестириў (устав фондында қатнасыў) ямаса филиалларын айланыс қаржылар менен толтырыў ушын айрықша қарарларсыз жылына 500 мың АҚШ долларына шекемги қаржыларды сырт ел есап бетлерине өткериўге рухсат берилди.
Сондай-ақ, IТ-парк жанында Финанслық мәсләҳәтлер ҳәм юридикалық жәрдем хызметин шөлкемлестириў режелестирилген болып, ол стартап жойбарлар Платформаға дизимнен өткерилген күннен баслап 12 айға шекемги мүддетке бийпул хызмет көрсетеди.
Финанслық ресурслар
Ҳүжжетке бола, 2026-2027-жылларда стартаплардың төрт басқышлы экосистемасын қаржыландырыў ушын 160 миллион доллар ҳәм 130 миллиард сум, соның ишинде, төмендеги қаржылар қаратылады:
Жәҳән банкиниң - $100 млн;
Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры - 50 млн доллар;
Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мақсетли мәмлекетлик қоры ҳәм «Yoshlar ventures» Венчур қорына ажыратылатуғын 10 миллион доллар (эквивалентте);
Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаў тийкарында стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў ушын Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорына ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде 30 миллиард сум;
2026-2027-жылларда республика бюджети есабынан «UzVC» миллий венчур фондына тең муғдарда ажыратылатуғын 100 миллиард сум.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 13.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».