Өзбекстанда киши Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын ескертиў системасы енгизилмекте

    1 қараша 2025 543

    Сенаттың он биринши жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

    Сенаторлар мәмлекетимизде айдаўшылар ҳәм пиядалардың жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў мәдениятын арттырыў, айдаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, жол ҳәрекетин шөлкемлестириўди толық санластырыў бойынша ҳуқықый тийкарлар жаратылғанына итибар қаратты.

    Соның есабынан усы жылдың 8 айында республикамызда жәми жол-транспорт ҳәдийселериниң саны 2,4 процентке, дене жарақатлары менен байланыслы жағдайлар 1,5 процентке, өлимши жағдайлар 5,6 процентке, пиядалар менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийселериниң саны 1,6 процентке азайыўына ерисилди.

    Соның менен бирге, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқараларда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеўге қарсы иммунитетти қәлиплестириў, оларды нызамға әмел етиўши етип тәрбиялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар гөзленген нәтийжени бермей атыр.

    Мәлим болыўынша, айырым сырт мәмлекетлерде ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ислегени ушын жәрийма түриндеги жаза менен бирге "аўызеки ескертиў" ҳәм "ескертиў" сыяқлы жазалар да қолланылады. Онда биринши мәрте кемирек әҳмийетке ийе ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ислеген пуқараларға жәрийма салыўдың орнына, олардың ислеген қылмысының социаллық ақыбетлери түсиндирилип, ескертиледи. Бул әмелиятта бундай ҳәрекетлердиң алдын алыўда жоқары нәтийжелер бермекте.

    Буннан тысқары, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў қураллары жәрдеминде анықланатуғын ҳуқықбузарлықлар шеңберин белгилеў, жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў қураллары жәрдеминде анықланған жағдайларда ҳәкимшилик жазаны қолланыў мүддетлерин қайта көрип шығыў зәрүрлиги пайда болмақта.

    Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске кемирек әҳмийетке ийе болған жол ҳәрекети қәўипсизлигине байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жәрийма қолланылыўын, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў қураллары арқалы дизимге алынатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың дизимин, сондай техника қураллары арқалы дизимге алынған ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жаза қолланыў мүддетлерин анық белгилеўди нәзерде тутатуғын қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

    Бириншиден, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс фото ҳәм видеожазыў қураллары арқалы жазып алынатуғын қағыйдабузарлықлардың түрин анық белгилейтуғын жаңа 171-статья менен толықтырылмақта.

    Екиншиден, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс 241-статья менен толықтырылып, ҳәкимшилик жаза сыпатында ҳәкимшилик ескертиў илажы енгизилмекте.

    Үшиншиден, жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы арнаўлы техника қураллары жәрдеминде анықланған жағдайларда ҳәкимшилик жаза ҳуқықбузарлық жүз берген күннен баслап бир айдан кешиктирмей қолланылатуғыны анық белгиленбекте.

    Сенаторлар нызамның қабыл етилиўи халыққа автомобиллерден пайдаланыўда қосымша қолайлықлар жаратыўға, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, сондай-ақ, халықтың мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына исенимин және де беккемлеўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

    Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates