Бул жойбардың әмелге асырылыўы тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал пүткил Орайлық Азия жоқары билимлендириў системасы ушын әҳмийетли ўақыя болды. "Жаңа Өзбекстан" университети регионда биринши болып Оксфорд университети менен биргеликте кең көлемли ҳәм системалы академиялық платформаны иске қосты.

Оның ашылыў мәресиминде Уллы Британия Парламенти Лордлар палатасының ағзасы, Уллы Британияның Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бойынша саўда елшиси, Оксфорд университетиниң үлкен илимий хызметкери Лорд Джон Олдердейс қатнасты.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетлер арасында академиялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм билимлендириў тараўындағы байланысларды беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти.

Билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси, халықаралық академиялық бирге ислесиўге белсене жәрдем бергени ушын Лорд Джон Олдердейске "Жаңа Өзбекстан" университетиниң "Ҳүрметли профессоры" атағы салтанатлы түрде берилди.

«Oxford Hub»тың ашылыўы соңғы жылларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың айқын нәтийжеси, Өзбекстанның билимлендириў ҳәм илим тараўларында ашық-айдын ҳәм нәтийжели халықаралық бирге ислесиўге болған умтылысының тастыйығы болды.