Бул нәтийже Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл 20-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясында белгилеп берилген стратегиялық ўазыйпалардың әмелге асырылып атырғанының айқын дәлили болып есапланады. Экономиканың климат өзгерислерине бейимлесиўи, углерод нейтраллығына ерисиў ҳәм "жасыл" энергетиканың үлесин сезилерли дәрежеде арттырыў солардың қатарына киреди.
Энергетика министрлигиниң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде мәмлекетимизде улыўма қуўатлылығы 4 мың 682 мегаватт болған 12 қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 5 самал электр станциясы жумыс алып бармақта.
"Жасыл" энергетика есабынан сезилерли экологиялық ҳәм экономикалық нәтийжелерге ерисилди:
2 миллиард 424 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленген;
атмосфераға 3 миллион 552 мың тонна зыянлы элементлер шығарылыўының алды алынды.
Буннан тысқары, усы жылдың басынан 23-сентябрь саат 17:00 ге шекем елимиздеги барлық гидро, қуяш ҳәм самал электр станциялары биргеликте 13 млрд 220 млн кВт саат электр энергиясын ислеп шығарды. Усы тәризде, улыўма генерацияда "жасыл" энергетиканың үлеси 22 процентке жетти.
Бул 7,3 миллион шаңарақтың 9 айлық ямаса 5,5 миллион шаңарақтың жыллық тутыныўына тең.









