Өзбекстанда газ қуйыў шақапшаларының жумысы ўақтынша шекленди

    11 желтоқсан 2025 145

    Қоңсы мәмлекеттиң газ тармағындағы техникалық насазлық себепли импорт етилип атырған тәбийғый газдиң муғдары қысқарып атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Энергетика министрлиги көрилип атырған илажлар ҳаққында мәлимлеме береди.

    Бәринен бурын, турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлери - мектеплер, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, емлеўханалар, жоқары оқыў орынлары, ыссылық электр станциялары ҳәм басқа да объектлерди тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў тийкарғы бағдарлардан бири болып есапланады.

    Турақ жайлар ҳәм социаллық обектлерде газ басымының төменлеп кетиўиниң алдын алыў мақсетинде автомобилге газ толтырыў компрессор станцияларының жумысына жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген графиклер тийкарында ўақтынша шеклеўлер киргизилмекте.

    Бул илажлар ўақтыншалық. Газ басымын нормалластырыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

    Жағдай бойынша қосымша мағлыўматлар кейин ала бериледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates