Тийкарғы ўазыйпалар:

  • спортты қаржыландырыўдың заманагөй механизмлери ҳәм альтернатив дәреклерин енгизиў;
  • спортқа ажыратылып атырған қаржыларды бөлистириўди орайластырыў, бюджет қаржыларының көлемин кеңейтиў ҳәм олардың нәтийжелилигин арттырыў;
  • спорт тараўында бизнести раўажландырыў, профессионал футбол клубларында корпоратив басқарыўды енгизиў, олардың жумысын коммерцияластырыў.

Спорт министрлиги жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Спорт тараўындағы басламаларды қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.

2026-жылы Қорға Мәмлекетлик бюджеттен 700 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген. Соннан 100 млрд сум қаржы 2026-жыл 1-июньға шекем Өзбекстан Миллий олимпиада комитетине ажыратылады.

2026-жылы Суперлигадағы ҳәр бир футбол клубына 35 млрд. сумнан, 2027-жылы 30 млрд. сумнан, 2028-жылы 25 млрд. сумнан қаржы ажыратылады.

2026-жыл 1-апрельден баслап спорт федерациялары (бирлеспелери) жумысы менен байланыслы жыллық қәрежетлериниң кеминде 20 проценти муғдарында қәўендерлик қаржыларын киргизген исбилерменлер олардың атқарыў уйымларына киргизилиўи мүмкин.

Сондай-ақ, профессионал футбол клубларын исбилерменлик жумысы менен байланыслы жыллық қәрежетлериниң кеминде 20 проценти муғдарында қәўендерлик қаржылары менен тәмийинлеген исбилермен ямаса исбилерменлер топарына исенимли басқарыўға бериў әмелияты енгизилмекте.

Салық жеңилликлери

Пайда салығын есаплаўда юридикалық тәреплердиң салыққа тартылатуғын пайдасы олимпиада ҳәм паралимпиада спорт федерациялары (бирлеспелери) ҳәм профессионал футбол клубларының жумысын қаржыландырыўға бағдарланған жеке төлемлер көринисиндеги қайырқомлық суммасына, бирақ салыққа тартылатуғын пайданың 10 процентинен аспаған муғдарда азайтылады.

Соның менен бирге, 2026-жыл 1-апрельден 2029-жыл 1-апрельге шекем Суперлига ҳәм Пролигада қатнасып атырған клублардың футболшылары физикалық шахслардың дәрамат салығын төлеўден азат етиледи. Олар ушын социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгиленбекте.

Бул жеңиллик Өзбекстан спортшыларын Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлаў бойынша республикалық комиссия тәрепинен белгиленген дизим бойынша Өзбекстанда жумыс алып барып атырған ямаса Өзбекстан пуқаралығына ийе болған, сырт елде тәжирийбе арттырған ҳәм миллий сайланды командаларды таярлаўда қатнасып атырған сырт елли тренерлер ҳәм спорт қәнигелерине де бериледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 27.03.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».